Get Mystery Box with random crypto!

Ковид-19 дың пайдасы. Ковид-19 2019-жыл ноябрьде пайда болды. | Азизуллаев Нурсултан

Ковид-19 дың пайдасы.

Ковид-19 2019-жыл ноябрьде пайда болды. Оғанда бир ярым жылдан аслам ўақыт болды. Оған қарсы конкрет даўасы жоқ болғаннан кейин,ҳәр түрли дәрилер сынақтан өткерилди. 2021-жыл апрельге келип,емлеўдиң 8- яғный қәзирше ақырғы версиямы шықты.

Ол версияда жағдай қатты аўыр болғанда ғана инъекция(укол)ға рухсат берилген. Қалған жағдайларда тек қана емлеў таблеткалар арқалы әмелге асырылады.

Бизлердиң ҳалық уколға "жақсы" үйренген,тез тәўир боламан деп. Таблеткаға исенбейди.

Кешегиде бир адам наўқасланып қалды. Таблеткаларын апарып бердим. Мен бармастан 4-5 күн алдын укол алған. Барып уколды тоқтатып,таблетка жеўин айттым. 2 күннен кейин сөйлессем, укол алайын,таблетка тәсири болмай атыр дейди. Яқ дедим. 3 күннен кейин жағдай жақсыланды. Уколсыз-ақ саўалды. Таблеткаға деген ҳүрмети асты.


Инъекция мен таблетка парқы төмендегише:

- Таблетканың тәсири әсте басланып, узақ даўам етеди.
- Инъекция (укол)ның тәсири тез басланып, қысқа тәсир етеди.

Ҳеш ким аўырмасын. Өзиңизге қарап жүриң.