Get Mystery Box with random crypto!

Сонлықтан даналар айтады: нәпсиңди тый! Адамның ақылы қәнәәтла | Азизуллаев Нурсултан

Сонлықтан даналар айтады: нәпсиңди тый! Адамның ақылы қәнәәтланыўы керек. Ақылды бундай жасалма жол менен ҳәўижлендириўге болмайды. Бул кеселликке алып келеди. Бар нәрсеңизге қәнәәт етиўди үйрениң – мине неден баслаўыңыз керек. Сизде ҳәзир бар нәрселериңиз бар – усы дәрежеңизде бахытлы болың… Кейин буның үстине таза бахыт қурсаңыз болады. Сиз қәнәәтсызлық пенен ашыўдың үстине бахыт қура алмайсыз. Жаман сөз, урыс-қағыс, гүрес үстине бахыт қурып болмайды… Бахытқа бундай жол менен ерисилмейди. Себеби бул усылдың өзи еле де көп бахытсызлық алып келеди. Бахыт тек бахыттың үстине қурылады, соның ушын жағдайыңыз қандай болмасын дәслеп барыңыз бенен қәнәәтлениң. Ҳешкимди күнлемең. Ҳешкимге еликлемең. Өзиңизди аңлаң.
Саза Июнь 2021