Get Mystery Box with random crypto!

Кеше Нукусте фестиваль болды. Өзбекстанның атақлы қосықшылары | Азизуллаев Нурсултан

Кеше Нукусте фестиваль болды. Өзбекстанның атақлы қосықшылары ҳәм Россиядан MS Doni келди. Тәбийий адамларда қызығыўшылық жоқары. Енди концерт басланғалы мына балалар экранның алдында турыпты. Бири-биринен өтип тур. Адамлар видеоға түсире алмай күйип-писип атыр. Түс десе, жаңағы бала яқ деп басын шайқайды. Мамасы қарап турыпты. Сонша адам аўзына келгенин айтып атыр. Ал жаңағы еки "Мамаша"ларда реакция жоқ. Қайта баласы "саҳна"ға шыққанға қуўанып турма? баласына қарап күледи. Ең қызығы ақырларында болды. Және бир ҳаял келип, қызына айтады: ана жерге(саҳнаны көрсетип) ойна дейди. Аўзымыз ашылды да,жаўылмай қалды.