Get Mystery Box with random crypto!

УРЫ БАЛА ҲӘМ АҚЫЛЛЫ АНА     Жаслық шағымда саҳрада жасайтуғын | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

УРЫ БАЛА ҲӘМ АҚЫЛЛЫ АНА

    Жаслық шағымда саҳрада жасайтуғын едик. Аўылдағылардың қойларын бағып беретуғын, үйден таңда шығып, геўгимде қайтатуғын едим. Биз оғада төмен туратуғын едик. Анам наўқасланып, күн сайын дәрти артып баратуғын еди. Бир күни мешиттиң алдында қойларды бақтым. Сонда мешит шарбағындағы сандыққа көзим түсти. Мешитке кирдим де сандықты аштым. Қарасам ишинде үш ярым қирш бар екен. Қуўанып кеттим дә, оны алып, кешки ўақыт ҳәр түрли ҳалўаларды алып анама алып барып бердим. Анам кеселинен уўайымда болып, бираз болса да бул исим менен уўайымын жеңиллетиўди қәледим. Анам қуўанып, мен келтирген ҳалўалардан жеди, раҳмет деди, бирден меннен «бул ҳалўаларды қайсы ақшаға алдың?» деп, сорап қалды.
    Өтирик сөйлей алмадым, расын айттым.
    Анам қолларымды услап: «Балам мени қуўантыў ушын бул исти қылғаныңа рахмет, бирақ биз ҳарам жей алмаймыз. Себеби ҳарам нәрсе пайда бермейди, бәлким зыян береди деди» ҳәм қолыма үйимиздеги ақырғы пул бес қиршти берип, мешиттеги сандыққа таслаўымды буйырды.
    Ертеси күни мешитке барып бес қиршти сандыққа тасладым. Кеште үйге қайтып, анама айтқанын қылғанымның хабарын берген едим, қуўанды ҳәм күлимсиреп: «Бәрекелла балам, енди бул исиң ушын Аллаҳға тәўбе қыл ҳәм дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери ораза тут» деди.
    Мине усы иске қырқ жыл болған болса, елеге шекем дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери ораза тутыўды тоқтатпадым. Бүгинги күнде архитекторман, шәраятым жақсы, бирақ үш ярым қиршти елеге шекем умытпадым ҳәм дүйшемби және пийшемби күнлери ораза тутыўды тоқтатпадым. Анажаным Аллаҳ сизге рейим қылсын.

t.me/nasiyatuz