Get Mystery Box with random crypto!

ҚУРАН ОҚЫЎШЫ ЕРИСЕТУҒЫН БЕС РӘББАНЫЙ МӘРТЕБЕ 1. ШӘПӘӘТ. Расу | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

ҚУРАН ОҚЫЎШЫ ЕРИСЕТУҒЫН БЕС РӘББАНЫЙ МӘРТЕБЕ

1. ШӘПӘӘТ.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Қуран оқың! Өйткени, ол Қыямет күни өз оқыўшыларына шəпəəтши болып келеди”. (Имам Муслим рəўияты)

2. РИФЪАТ (Мәртебесиниң көтерилиўи).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «Қыямет күни Қуран ийесине: «Оқы ҳəм көтерил, дүньяда қандай оқыған болсаң, сондай оқы. Ақырғы аятты оқыған жериң (жəннеттеги) мəнзилиң болады», деп айтылады”. (Имам Әбиў Даўыттың “Сунан”ларынан)

3. СӘЎБЕТ.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Қуранды шеберлик пенен тилəўат қылатуғын қарый елши, жазыўшы, оғада жақсы периштелер менен (бир дəрежеде)”. (Имам Бухарий рəўияты)

4. ХАЙРИЯТ (Жақсылық).
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: “Сизлердиң жақсыларыңыз Қуран үйренген ҳəм оны үйреткен адам”. (Имам Бухарий рəўияты)

5. ӘҲЛИЯТ.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Инсанлар ишинде Аллаҳтың арнаўлы бенделери бар”, деди. Олар кимлер, деп сорады. Ол: “Қуран əҳли – Аллаҳтың əҳли ҳəм арнаўлы бенделери”, деди. (Ибн Мажа рəўияты)

http://t.me/nasiyatuz