Get Mystery Box with random crypto!

Өмир нәсиятлары Бир адам чайхана мүйешинде қолында қәлем усла | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Өмир нәсиятлары

Бир адам чайхана мүйешинде қолында қәлем услаған ҳалда алдындағы бир ақ қағазға қарап отырар еди. Оны көрген кексе адам анасына хат жазып атыр, деп ойлады. Бир жас жигит ҳаялына хат жазып атыр, деп ойлады. Бир жас бала оны сүўрет сызып атыр, деп ойлады. Бир исбилермен жаңа шәртнаманы имзалап атыр, деп ойлады. Чайхана хызметшиси болса, қарызларын есаплап атыр, деп ойлады.

Ҳәр бир адам өзгелердиң ҳәрекетине өзиниң дүньяқарасы ҳәм тәбиятынан келип шығып баҳа береди. Оған өзиниң көзи менен қарайды.
Ҳеш кимге зулым қылмаң, ҳеш кимди ғыйбат қылмаң. Адамлардың ишинде қандай нийети бар билмейсиз.
Өзиңиз де Аллаҳты разы қылатуғын ҳәм қәлбиңиз қанаат еткен исти ислейбериң. Адамлардың қәлбине кирип, олардың қәлеўлерине қарап ис қыламан, демең. Себеби, сиз олардың басына алтыннан таж кийдирип қойсаңыз да олардың гәп-сөзинен саламат қалмайсыз.

http://t.me/nasiyatuz