Get Mystery Box with random crypto!

Сапардың кейинги мәнзили пайтахтымызда жайласқан 'Бернина-Нуку | NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Сапардың кейинги мәнзили пайтахтымызда жайласқан "Бернина-Нукус" кийим тигиў цехи болды. Ол жерде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Рустем Сапарбаев сөз алып, бул цехтиң қаншелли әҳмийетлилиги, усы цех артынан көплеген шаңарақлардың қара қазанлары қайнап турғанлығы жөнинде айтып, 80 адамның жумыс пенен тәмийинленгенин атап өтти.
Көпти көрген, жасларға жол көрсетиўши кекселеримиз сол мәканда да бундай ийгиликли ислердиң халқымыз турмысында әҳмийетке ийе екенин мысаллар арқалы түсиндирип берди ҳәм буннан кейинде даўам ете бериўин тилеп дуўаға қол жайды.
     Илаж соңында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының мәжилислер залында қатнасыўшылар сапар даўамында болған ийе болған мағлыўматлар ҳәм кеўил кеширмелери менен бөлисилди. Сондай-ақ, усы сыяқлы журтымыз жамалы сәўлеленген орынларға саяхат қылыў буннан кейинлери де даўам ете бериўлерин келтирип өтти.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz