Get Mystery Box with random crypto!

Бир мәрте гүл сатыўшы шаштәрезге келди. Шаштәрез оның шашын ал | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Бир мәрте гүл сатыўшы шаштәрезге келди. Шаштәрез оның шашын алып қойды, ол төлем алмады: -"Мен сизден пул алмайман. Мен ҳәптениң ақырына шекем өз қәлеўим менен пулсыз ислеўге қарар еттим."
Гүл сатыўшысы оған рахмет айтып шығып кетти.
Ертеңине шаштәрез жумысқа келди ҳәм есик алдында миннетдарлық сөзлер менен жазылған үлкен гүлдәстени көрди.
Кейин шаштәрезге шийринлик писиретуғын инсан келди. Шаштәрез оннанда пул алмады ҳәм ол күлимсиреп рахметин айтып шығып кетти. Ертеңине шаштәрез жумысқа келгенде есик алдында миннетдарлық сөзлери жазылған онлаған шийринликлерди көрди.
Кейин шаштәрезге бир мәмлекетте үлкен жумыста ислейтуғын баслық келди. Шашын алдырып болып қалтасыннан ақша шығарып атыр еди, шаштәрез оған ҳәпте соңына шекем пулсыз ислейтуғынын айтып пулды алмады. Баслық қуўанып шығып кетти.
Ертеңине шаштәрез жумысқа келгенде, ол жерде оны бир неше әмелдар адамлар, онлаған депутатлар, олардың жәрдемшилери, шәҳәр хәкими ҳәм оның ҳаяллары, баллары күтип отырған екен. Олар пулсыз шаш алдырыўға келген еди.