Get Mystery Box with random crypto!

Суў қабақ Үмит суўларына толыдур ишиң, Ким шөллесе шөлин қанды | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Суў қабақ
Үмит суўларына толыдур ишиң,
Ким шөллесе шөлин қандырды ишип,
Халықтың ядынан кетпейсең өшип,
Дүрдана мүлкимиз болдың, суў қабақ!

Серлей алып қанша қыздың жүрегин,
Бар еди оларға айтар тилегиң,
Бүгин болмады ма сениң керегиң?
Музейлерге сән берерсең, суў қабақ.

Илҳам бағышладың Әмиўдәрьяма,
Енди жасайсаң ба кеўил уямда,
Сени жоқ етиўге көзим қыяма?
Ата-бабам мийрасысаң, суў қабақ!

Толқыдың ба арыў айтса сырларын,
Сорадың таңлардан бахыт нурларын,
Сени күтә сағынғаннан жырладым,
Кеўлим ушын суўсын бергил, суў қабақ!

14-июль, 2020
Бахытлы Сарыбаев

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali