Get Mystery Box with random crypto!

#Даналық_пикирлер Қаншадан-қанша мийи боп-бос кимселер бар, | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

#Даналық_пикирлер

Қаншадан-қанша мийи боп-бос кимселер бар, жағы тынбайды! Қаншадан-қанша данышпан ҳәм даналар бар, олардан бир аўыз сөз еситпейсең.

Биринши қағыйда - ҳешқашан артқа шегинбе! Екинши қағыйда - биринши қағыйданы естен шығарма!

Жулдызларды тек ғана қараңғыда көре аламыз. Тап сондай өмиримиздеги айырым адамлардың негизги түри қыйыншылық пайтында билинеди.

Бир нәрсени меники деместен алдын ойлап көриң. Себеби, көзге көринген ҳәм көринбеген нәрселердиң барлығы Аллаға тийисли.

Қапа болыў менен кеўил қалыў арасында үлкен парық бар. Бири қайтады, екиншиси қайтпайды...

Қыянет - қәте емес. Қәтени инсан өзи билмеген ҳалда ислейди. Қыянетти болса өз қәлеўи менен иске асырады. Әйне соның ушын да қыянет ислеген адам кеширимге ылайық емес.

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali