Get Mystery Box with random crypto!

Урыс қатнасыўшыларына Қандай сүйиў кереклигин Ўатанды, Көрсет | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

Урыс қатнасыўшыларына

Қандай сүйиў кереклигин Ўатанды,
Көрсеттиңиз табанлы түрде гүресип.
Сыйладыңыз бизге бахытлы таңды,
Бүгинги тынышлықта көпдур үлесиң!

Ана халқым жасасын деп парахат,
Көксиңизди оққа тутқаныңыз шын.
Шыдағансыз алсаңыз да жарақат,
Қәдирлисиз уллы исиңиз ушын.

Биразыңыз елге келмеди қайтып,
Буйырмады туўған жер топырағы.
Жеткерип бериўим дым қыйын айтып,
Сөнген еди қанша үйдиң шырағы!

Кеўили әрманлы қанша азамат,
Тиклеп үлгермеди муқаддес отаў.
Елден кеткениңде едиң саламат,
Сизди қай аўҳалға салып қойды жаў!

"Биз көрген урысты көрмеңиз ҳасла!"
Деп бәрҳа жаслардың ғамын ойлайсыз.
Келипсизлер бугин әдеўир жасқа,
"Қаҳарман!" деп бәриңизди сыйлаймыз.

Урыс деп нелерди еттиңиз қурбан,
Барлығын сүйикли халқың аңлайды.
Сиз себепли оған ноқат қойылған,
Енди дүньяда тек күлки жаңлайды!

9-май, 2020
Бахытлы Сарыбаев

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali