Get Mystery Box with random crypto!

Мандат қашан шығыўы керек? ЖУУАП: Тест сынақлары толық өтип | 📌 Мойнақ 24

Мандат қашан шығыўы керек?

ЖУУАП: Тест сынақлары толық өтип болғаннан соң 1 ҳәпте ишинде.

Министрлер Кеңсесиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарары менен тастыйқланған Нызамның 14-бәнтине көре, абитуриенттиң тест сынауынан топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўымат тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине, оның студентликке усыныс етилгени яки етилмегени бойынша таңлаў нәтийжеси тест сынақларын өткериў процессин толық жуўмақлағаннан кейин бир ҳәпте мүддет ишинде мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Усы жыл тест сынақлардың соңғы күни 20-августта болды.

Демек, бүгин 27-август күни мандат шығыўы керек.

Егер бүгин саат 23:59 ға шекем мандат шықпаса, кешиккен ҳәр бир күн нызам бузылыў, деп есапланады. Бирақ өткен жыллардағыдай мандат кешиккени ушын ҳешким жазаланбаса керек.

Xushnudbek

@moynaq24