Get Mystery Box with random crypto!

📌 Мойнақ 24

Telegram арнасының логотипі moynaq24 — 📌 Мойнақ 24 М
Telegram арнасының логотипі moynaq24 — 📌 Мойнақ 24
Арна мекенжайы: @moynaq24
Санаттар: Жаңалықтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 120
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстанда ҳәм Мойнақ районында жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @moynaq24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат ушын: @creeatorbot

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-08-27 19:47:15 Мандат қашан шығыўы керек?

ЖУУАП: Тест сынақлары толық өтип болғаннан соң 1 ҳәпте ишинде.

Министрлер Кеңсесиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарары менен тастыйқланған Нызамның 14-бәнтине көре, абитуриенттиң тест сынауынан топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўымат тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине, оның студентликке усыныс етилгени яки етилмегени бойынша таңлаў нәтийжеси тест сынақларын өткериў процессин толық жуўмақлағаннан кейин бир ҳәпте мүддет ишинде мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Усы жыл тест сынақлардың соңғы күни 20-августта болды.

Демек, бүгин 27-август күни мандат шығыўы керек.

Егер бүгин саат 23:59 ға шекем мандат шықпаса, кешиккен ҳәр бир күн нызам бузылыў, деп есапланады. Бирақ өткен жыллардағыдай мандат кешиккени ушын ҳешким жазаланбаса керек.

Xushnudbek

@moynaq24
149 views16:47
Ашу / Түсініктеме
2022-08-25 20:10:17
Европа Чемпионлар лигаси жаңа мәўсимине шек тасланды

«А» топары: Аякс, Ливерпуль, Наполи, Рейнжерс

«В» топары: Порту, Атлетико, Байер, Брюгге

«С» топары: Бавария, Барселона, Интер, Виктория П

«D» топары: Айнтрахт, Тоттенҳэм, Спортинг, Марсель

«E» топары: Милан, Челси, Зальцбург, Динамо К

«F» топары: Реал, Лейпциг, Шахтёр, Селтик

«G» топары: Ман Сити, Севилья, Боруссия, Копенҳаген

«H» топары: ПСЖ, Ювентус, Бенфика, Маккаби Х

@MOYNAQ24
196 views17:10
Ашу / Түсініктеме
2022-08-22 16:32:41
Мандат 26 ямаса 27-августта шығады — МТО

Усы жылда да абитуриентлер неше балл топлағанын тест тапсырған күнниң ертесине билиўи мүмкин, деп мәлим етти МТО директоры орынбасары Сардар Ражабов.

Оның сөзлерине бола, соңғы жуўаплар (мандат) тест жуўмақланғаннан кейин 1 ҳәпте ишинде жәрияланады.

@moynaq24
281 views13:32
Ашу / Түсініктеме
2022-08-22 16:32:20
Қазақстанда мектеплер бес күнлик форматқа өтеди

Қазақстан Республикасы билимлендириў министри Асхат Аймағамбетов мәмлекетте мектеплердиң жумыс форматын өзгертиў бойынша режелери ҳаққында айтып берди, деп жазбақта «Казинформ» агентлиги.

«Биз келеси жылдан баслап үш сменалы мектеплерден басқа, қалған барлық мектеплерди бес күнлик оқыў форматына өткериўди режелестирдик. Бул мектеп директорларына, муғаллимлерге ҳәм басқа да барлық хызметкерлерге тийисли болады. Бизиң пикиримизше, муғаллимлер шемби күни дем алыўы керек, олар сол күни шаңарағының қушағында болсын», – деди Асхат Аймағамбетов конференцияда. Оның сөзлерине қарағанда бул гәп мектеп директорлары менен директор орынбасарларына да тийисли.

«Бул жерде жаңа форматтың мийнет дем алысына тәсири барма, деген сораў пайда болыўы мүмкин. Жаңа формат мийнет дем алсына тәсир етпейди. Мийнет дем алысы 56 күн ҳәм ол өзгермейди», – деди министр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@moynaq24
298 views13:32
Ашу / Түсініктеме
2022-08-22 16:32:10
Бозатаў каналынан салмағы 40 килограмм шығатуғын ылақа усланды.

@moynaq24
182 views13:32
Ашу / Түсініктеме
2022-08-21 12:27:59
Мойнақ районында 1 ҳәптеден берли метан заправка ислемей тур, таксилер бензинде жүргенлиги себепли жол ҳақы еки есе қымбатып кетти, деп жазады район турғыны, – делинген материалға рәсмий мүнәсибет.

Бул бойынша “Мойнақтумангаз” газ тәмийинаты бөлими төмендегилерди мәлим етип билдиреди. Оған бола Мойнақ районы орайындағы метан заправканың “Мойнақтумангаз” газ тәмийинаты бөлимине қарыздарлығы көбейип кеткен ҳәм бул метан заправканың ислемей турыўына себеп болмақта.

Метан заправканың қарыздарлығы 70 млн.сўм болып, ҳәзирги ўақытта 20 млн.сўмы төлеп болынған. Ал, метан заправканың қашан ислеўи бойынша “Мойнақтумангаз” газ тәмийинаты бөлими админстрациясы әне төлер, мине төлер менен көмек берип келгенлигин айтпақта. Егер қарыздарлығын төлесе, газ бериледи.

Сондай-ақ, шәртнамада көрсетилген келисимге көре метан заправканың ислеўи ушын алдыннан төлем төлеўи кереклигин мәлим етип билдирди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@moynaq24
221 views09:27
Ашу / Түсініктеме
2022-08-20 15:39:07
Усы жылы оқыўды көшириў имтиханлары 5 пәннен болады. 3 мәжбүрий ҳәм 2 қәнигелик пәнлери

— Қәнигелик пәнлери: 20 сораў, 3,15 балл
— Мәжбүрий блоклар: 10 сораў, 2,1 балл (ана-тили, Өзбекстан тарийхы, математика)

Улыўма 70 сораў болып, максимал топлаў мүмкин болған балл – 189 баллды қурайды.

@moynaq24
206 views12:39
Ашу / Түсініктеме
2022-08-19 13:19:18
Оқытыўшы ҳәм оқыўшылар ушын 2022-2023 оқыў жылы календары

@moynaq24
233 views10:19
Ашу / Түсініктеме
2022-08-16 14:13:55
Ғәрезсизлик байрамында избе-из 4 күн дем алыс бериледи

1-сентябрь - пийшемби (исленбейтуғын байрам күни);

2-сентябрь - жума (қосымша исленбейтуғын күн - жумыс ҳәптеси түрине қарамастан);

3-сентябрь - шемби (қосымша исленбейтуғын күн - алты күнлик жумыс ҳәптеси болған хызметкерлер ушын);

4-сентябрь - екшемби (календарь бойынша дем алыс күни).

@moynaq24
315 views11:13
Ашу / Түсініктеме
2022-08-11 15:15:26
Колледж ҳәм техникумларға қабыллаў басланды

2022-жыл 11-август күни колледж ҳәм техникумларға абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

Абитуриентлерди дизимге алыў мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтында “Professional ta’lim muassasalariga qabul” бөлими арқалы әмелге асырылмақта.

Дизимге алыў 10-сентябрге шекем (усы күни де) даўам етеди.

@moynaq24
394 views12:15
Ашу / Түсініктеме