Get Mystery Box with random crypto!

Mizdakxan

Telegram арнасының логотипі mizdakxan — Mizdakxan M
Telegram арнасының логотипі mizdakxan — Mizdakxan
Арна мекенжайы: @mizdakxan
Санаттар: Блогтар
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 2
Арнадан сипаттама

"Khozhelige Piyada Kelgen, Atly Kaytady"

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 3

2021-06-22 07:07:39
Ўатанпәрўарлық ҳаққында видео ролик
43 views04:07
Ашу / Түсініктеме
2021-06-06 07:30:57
14-июньнан баслап, 2000 ҳәм 20000 сўмлық банкноталар айланысқа шығарылады.
107 viewsedited  04:30
Ашу / Түсініктеме
2021-06-02 16:41:38
Қарақалпақстан Республикасында 7-10-июнь күнлери аралығында жаслар фестивалы болып өтеди

7-июнь — Бозатаў районы амфитеатырында фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресими;
8-9-июнь — Нөкис қаласы Савицкий музейи майданында гала-концертлер;
9-июнь — Бозатаў районы стадионында «Жаслар ҳаўазы» фестивалының жуўмағы ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў;
10-июнь — Нөкис қаласы Савицкий музейи майданында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» фестивалы жуўмағына бағышланған үлкен гала-концерт.

Фестиваль шеңберинде күтилген ҳәм күтилмеген жулдызлар шығыўлары, тәкирарланбас салютлар шоусы өткерилип, сюрпризлер күтпекте.

Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы хабар бермекте.
146 viewsedited  13:41
Ашу / Түсініктеме
2021-06-01 14:33:56
Пән олимпиядасының республикалық басқышы. Студентлер арасында)))

Узағы менен 5 минут ишинде 50 тесттиң жуўабын табыў мүмкин болған пән бар екен, биз билмейди екенбиз.

Эйнштейн қайттан туўылды, шамамда... Я биреў қатты гүна ис қылды...
81 views11:33
Ашу / Түсініктеме
2021-05-31 20:14:18
#Күн_ҳәзили
60 views17:14
Ашу / Түсініктеме
2021-05-28 18:45:00 Жак-Ив Кусто айтып кеткен зор бир гәп бар: «Алдынлары инсаният тири қалыў ушын тәбият пенен аяўсыз гүрескен. Ҳәзир болса, инсан жасап қалыў ушын тәбиятты асыраўы керек».

Жеке өзиме 25 қабатлы имәраттан, жақсы тәрбияланған терекзарлық мақул. Тәбиятты сақлап қалып раўажланыўдың да жоллары көп. Проста, ол биздегилердиң қолынан келмейди!
84 views15:45
Ашу / Түсініктеме
2021-05-28 18:38:32
Йўқолиб бораётган яшиллик. 1990-2019 йилларда Тошкент шаҳри.

Тадқиқот.
79 views15:38
Ашу / Түсініктеме
2021-05-24 07:50:01 1xBet компаниясы Өзбекстанда қандай ҳуқыққа ийе? Оннан пайдаланыўдың юридик тәреплери қандай?

1xBet – спортты лотореяға айландырған ири компаниялардың бири. Оған капитал киргизип, күтилген нәтийже әмелге асса, белгили коэффицентлер менен қаржыны қайтарып алыў мүмкин. Сол арқалы оннан пул исленеди.

Кюрасаодың лицензиясы менен көплеген мәмлекетлерге кирип барған компания, дүньяда бумекерлик рейтинги бойынша жоқары рейтингди ийелеп үлгерген. Өзбекстанда оның лицензиясы өтпейди, бирақ бир-еки фактор менен ҳәзир ол республикада еркин ҳәрекет етип атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-декабрь күнги ПП-5887-санлы Пәрманы бойынша, футболдың инвестициялық көркемлигин асырыў ушын 2020-жыл 1-январынан баслап бумекерлик искерлигин әмелге асырыўға руқсат етилген. Ҳүжжет бойынша, 2020-жылдың 1-июнь сәнесине дейин, бумекерлик ҳаққындағы норматив-ҳүжжетлердиң жойбарын ислеп шығыў белгилеп алынған. Сондай-ақ, Өзбекстанда бумекерлик искерлигин лицензиялаў Капитал базарын раўажланадырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм оларды контрол етиўи айтып өтилген.

Так, компанияның товары менен ислесиў қандай жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин? Пуқаралық, жынайы я ҳәкимшилик? Дурыс, нызамшылықта қумар ойыны қадаған етилген, бирақ неге бумекерликте оған еркинлик бар? Буннан бир нәрсени түсиниў мүмкин – 1xBet компаниясына пул тигиў қумар есапланбайды. Сиз компаниядан миллиард утсаңыз да, мәмлекеттиң өзине ҳәм бирде-бир пуқарасына бир грамм зыян жетпейди. Сол орында, сиз компаниядан көрген зыяныңызға да мәмлекет араласпайды.

Қумар ҳешқандай лицензиясыз, тийисли қәнигелерсиз ҳәрекет етиў, гиреўлик қәўипсизлиги тәмийинленбеген ҳәм соған уқсас анықсызлықларды өз ишине алады, нәзеримде.

1xBet пенен ислесиў ҳәр кимниң өз қолында. Қатнасыўды да, қатнаспаўды да мәсләҳәт етиў қыйын. Олай ислесем, адамлардың нәзеринде я даналық, я ақымақлық еткен боламан.

Ҳәр күнди намаз оқыў менен өткерип, динниң барлық арконларын толық орынлап жүргенлер бундайлар менен, улыўма дәўир технологиялары менен мүнәсибет қылмайды. Олар ҳәмме жерде таза жүреди. Тап усындай технологияларды бийкарлап, динниң басқа талапларына жуўап бере алмайтуғынлар 1xBet ҳаққында пикир билдириўи шәрт емес.

@mizdakxan
150 views04:50
Ашу / Түсініктеме
2021-05-22 08:33:55
Лаўазым системасы Өзбекстанда :|
175 views05:33
Ашу / Түсініктеме
2021-05-21 09:17:03
«Ҳаяллар дәптери» дизимин қысқартыўдың ең оптимал шешими
77 views06:17
Ашу / Түсініктеме