Get Mystery Box with random crypto!

Бажыхана рәсмийлестириўине усынылмаған товарлар өз мәнзилине ж | QR BAJÍXANA

Бажыхана рәсмийлестириўине усынылмаған товарлар өз мәнзилине жете алмады

Товар материаллық байлықлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз ҳәрекетине қарсы бажыхана уйымлары тәрепинен системалы түрде гүрес алып барылмақта.

Бырақ соған қарамастан, мәмлекет бюджетине өндирилетуғын бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде айырым шахслар тәрепинен белгиленген нызамшылық талапларына қайыш түрде товар-материаллық байлықларды алып өтиўге урыныў жағдайлары ушыраспақта.

Қарақалпақстанлы бажыханашылар тәрепинен анықланған нәўбеттеги жағдайда қүны 156 миллион сумға тең болған медициналық әсбаплардың мәмлекетимиз аймағына алып кирилиўиниң алды алынды.

Усы жылдың 28 июль сәнесинде “Даўыт-ата” шегара бажыхана посты арқалы қоңсылас Қазақстан Республикасынан пуқара М.С басқарыўында кирип келген “Мерседес-Бенц” маркалы автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде ҳүжжетлерде көрсетилмеген 79 түрдеги, 2423 дана медициналық әсбаплар бар екенлиги анықланды.

Усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекети алып барылып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы
Мәлимлеме хызмети