Get Mystery Box with random crypto!

Бажыханашыларға гезектеги арнаўлы шийынлар тапсырылды Өзбекст | QR BAJÍXANA

Бажыханашыларға гезектеги арнаўлы шийынлар тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-апрельдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен бажыхана хызметкерлериниң арнаўлы шийынлары бир дәрежеге көтерилетуғын болды.

Елимиз басшысы тәрепинен қол қойылған пәрман тийкарында мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының басламасы менен гезектеги арнаўлы дәреже алыўды жыллар даўамында күткен 785 бажыханашының шийыны бир дәрежеге көтерилди.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында гезектеги арнаўлы шийынларды алыўға миясар болған 76 бажыханашыға салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Атап айтқанда, көп жыллардан берли бажыхана системасында ҳадал мийнет етип, тараўдың раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосып атырған бөлим ҳәм пост баслықларына «бажыхана хызмети подполковниги», басқарма аппараты ҳәм елимиздиң шегара бажыхана постларында хызмет етип атырған 21 аға ҳәм бас инспекторға «бажыхана хызмети майоры», сондай-ақ, 42 бажыханашыға «бажыхана хызмети капитаны», 4 бажыханашыға «бажыхана хызмети аға лейтенанты» және 4 хызметкерге «бажыхана хызмети лейтенанты» арнаўлы шийынлары берилди.

Елимиздиң шегараларында қызы-жазы, күни-түни мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлиги, халықтың тынышлығы жолында Үстирт кеңликлериниң өзине тән қайсар ҳаўа райында, жазийрама ыссысы менен қәҳәрли ызғырығына қарамастан, шаңарағынан алыс-алысларға барып хызмет етип атырған бажыхана хызметкерлерине билдирилген бундай исеним оларға және де күш-қуўат бағышлап, өз хызмет ўазыйпаларын, ана Ўатан алдындағы миннетин садықлық пенен атқарыўға түртки болары сөзсиз.