Get Mystery Box with random crypto!

Коррупциясыз бажыхана тәрепке қәдемлер жылдам тасланып атыр Ө | QR BAJÍXANA

Коррупциясыз бажыхана тәрепке қәдемлер жылдам тасланып атыр

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 17 февралында бажыхана органларын реформалаў және оны коррупциядан тыс системаға айландырыў бойынша үстем ўазыйпаларға бағышлап өткерилген жыйналысы бажыхана шөлкемлеринде коррупцияға қарсы алып барылып атырған гүрести жаңа басқышқа алып шықты, десек асыра айтқан болмаймыз.

Бажыхана органлары жеке қурамы ортасында жебирлик, парахорлық, хызмет ҳәм ҳәмел ўакалатын кери мақсетте пайдаланыў сыяқлы унамсыз жағдайлардың ҳәм басқа жынаятлы ҳәрекетлер жүз бериўиниң алдын алыў, хызметкерлер тәрепинен хызмет ҳәм атқарыў ынтызамы, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўи дәрежесин асырыў, соның менен бирге коррупцияға қарсы маўасасыз мунасибетти қәлиплестириў бойынша нәўбеттеги профилактикалық илаж Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Нөкис” сыртқы економикалық байланыс ҳәм “Нөкис-Аэропорт” шегара бажыхана постларында шөлкемлестирилди.

Басқарма басшылары ҳәм жеке қаўипсизлик бөлими тәрепинен өткерилген ушырасыўда бажыханашыларға хызметкерлер ортасында хызмет ынтызамын беккемлеў, мәмлекет қаўипсизлигин тәмийинлеўде бажыхана постларында хызмет алып баратырған хызметкерлер бәрҳәма сергек болыўлары, түрли унамсыз жағдайлардың алдын алыў ҳәм де бажыхана бақлаўы натийжелилигин асырыў мақсетинде, турақлы түрде басқарманың тийисли бөлимлери қатнасыўында барлық бажыхана постларида жасырын ҳәм әшкара тексериўлер өткерип барылыўы ҳаққында айтып өтилди.

Соның менен бирге, илаж даўамында бажыхана постларида әмелдеги мәселелер, өз хызмет ўазыйпасын толыққонли орынлаў ушын тосқынлық етиўши ўаакторлар ҳаққында да хызметкерлердиң пикирлери тыңланди ҳәм келесинде оларды сапластырыў илажлары бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы
Мәлимлеме хызмети