Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы Илҳ | QR BAJÍXANA

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы Илҳамбек Казаков Нөкис қаласындағы «SEBU ARTEMIA» ҳәм «Orient Technology» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.

Арал теңизи жағалықларынан терип алынған артемия өнимин қайта ислеў менен шуғылланатуғын бул кәрхананың толық жумыс көлеми жылына 2 мың тоннаны қурайды. Кәрхана тәрепинен өз жумысын жолға қойыў мақсетинде Түркия мәмлекетинен алып келинген ең алдыңғы технологиялық әсбап-үскенелер ушын ҳүкиметимиздиң қарарлары тийкарында бажыхана төлемлеринен 296 миллион сум муғдарында жеңиллик қолланылған.
-Сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлеримиз бенен дүнья базарын ийелеп, елимиздиң экспорт потенциалына өз үлесимизди қосыў алдымызға қойған баслы мақсетимизден бири,-дейди кәрхана директоры Яхёхан Исмаилов.-Жақын күнлерде толық жумыс көлемине өтиўимиз арқалы 100 ге шамалас жаңа жумыс орнының жаратылыўы да биз исбилерменлик субъектлерине мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлардың нәтийжеси деп билемен.

Кәрхана жәмәәти усы имканиятлардан өнимли пайдаланған ҳалда жыл басынан берли баҳасы 659 мың 200 АҚШ долларына тең 80 тонна артемия цистасының экспортын әмелге асырды. Ушырасыўда бажыхана хызметкерлери тәрепинен кәрхананың экспорт көлемин кеңейтиў бойынша усыныслар берилип, әмелдеги нызамшылық талаплары ҳәм экспортёр кәрханаларға жаратылған шараят және бир мәрте түсиндирилди.

Басқарма хызметкерлериниң кейинги мәнзили Нөкис қаласында 7,96 гектар жерде жайласқан заманагөй алдыңғы Италия технологиялары тийкарында қарамал ҳәм қой-ешкилердиң терилерин қайта ислеп, сапалы былғары ҳәм былғары өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген «Orient Technology» қоспа кәрханасы болды.
Бул кәрханада шығарылып атырған өнимлер мәмлекетимиз көлеминде бирден-бир ҳәм әҳмийетлилиги, дүнья базарында өтимлилиги менен ажыралып турады.

Аймақтағы исбилерменлик субъектлери өз жумысын әмелге асырыўда ҳүкиметимиз тәрепинен берилген жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып келмекте. Атап айтқанда, бул исбилерменлик субъектине өткен 3 жыл даўамында ҳүкимет қарарлары тийкарында сырт еллерден алып келинген әсбап-үскенелер ушын бажыхана төлемлеринен 696 миллион сумнан зыят жеңиллик қолланылған.
Бундай жеңилликлер исбилерменлик субъектлериниң жумыс көлемин арттырып, сапалы, бәсекиге шыдамлы өнимлердиң экспортын арттырыўға хызмет етеди Ҳәзир 86 жумыс орнына ийе кәрхана тәрепинен жыл басынан берли баҳасы 329 мың 872 еврога тең 186 тонна былғары өними Италия мәмлекетине экспорт етилди.

Ушырасыўда бажыхана хызметкерлери экспортқа шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў мақсетинде сырт еллерден алып келинетуғын технологияларға қолланылатуғын жеңилликлер, таяр өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша ҳуқықый жақтан жол-жоба көрсетилип, усыныслар берди.