Get Mystery Box with random crypto!

Маған буның қатнасы жоқ... Бир күни тышқан фермердиң қораға қа | Каракалпакша анекдотлар

Маған буның қатнасы жоқ...
Бир күни тышқан фермердиң қораға қақпан қурғанын көрип қояды. Сосын жәрдем сорап қоразға, қошқарға хам сыйырға барады. Олардың барлығы "Маған буның қатнасы жоқ, сениң шарўаң бул" деп жуўап береди. Бираздан соң қақпанға жылан түседи - ол фермердиң катынын шағып алады. Хаялды емлеў ушын қоразды сойып сорпа писиреди. Кейин хаялдың аўҳалынан хабар алыўға келген қонақлар ушын қошқарды сояды. Акырында ҳаялы қайтыс болғаннан соң жаназасына келген мийманлар ушын сыйыр сойылады. Булардың ҳәммесин қора диўалының тесигинен тышқан қарап отыр екен.
Жуўмақ: егер бир зат саған туўрыдан-туўры қатнасы жоқ болса бул саған тәсир етпейди дегени емес.