Get Mystery Box with random crypto!

Бир адам жаптың бойында жасайтын екен. Ол көпир салып одан өти | Каракалпакша анекдотлар

Бир адам жаптың бойында жасайтын екен. Ол көпир салып одан өтиўшилерден бир тийиннан алатын екен. Адамлар оны жақтырмай сәлемлеспейтин дәрежеге барған екен. Қартайып өлместен алдын баласына соңғы тилегин айтқан: «Балам, мени адамлар қаттыға жаман көреди, мен туўралы жақсы зат айтыўын қәлеймен!» деген екен. «Сениң тилегиңди орынлайман әке» деген екен баласы. Әкеси өлгеннен соң баласы көпирден өтиў баҳасын 3 тийинға көтерген. Адамлар әкеси жақсы еди бир тийин алатын еди деп айтатын болған.