Get Mystery Box with random crypto!

Республикамызға кириў орнында «Қарақалпақстан Республикасы» жа | KarInform.uz

Республикамызға кириў орнында «Қарақалпақстан Республикасы» жазыўы орнатылды

Бүгин, 4-май күни Қарақалпақстан Республикасы А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 554-километриндеги Хорезм ўәлаятынан шығыў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районына кириў орнындағы «Тўрткўл туманига хуш келибсиз» жазыўы алмастырылып, орнына латын әлипбесинде қарақалпақ тилиндеги «QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ» деген жазыў орнатылды. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Республикамыздың атамасы жазылған өзбек тилиндеги жазыў буннан алдын орнатылған еди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, «Ел хызметинде» газетасы редакциясы республикамызға кириў орнында «Қарақалпақстан Республикасы» жазыўы орнатылыўы мәселесин бирнеше мәрте көтерип шыққан еди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz