Get Mystery Box with random crypto!

Алланияз қаҳарман бағындағы өзбасымшалық пенен исленип атырған | KarInform.uz

Алланияз қаҳарман бағындағы өзбасымшалық пенен исленип атырған қурылыс жумыслары Жоқарғы Кеңес тәрепинен қадағалаўға алынды

Социаллық тармақларда Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен Нөкис қаласы аймағында жаратылған бағда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында мүрәжат жәрияланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мүрәжат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, бул мәселени тийисли тәртипте үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге қатаң тапсырма берилген.

"Соны айрықша атап өтиў керек, бул бағды саўалландырыў жумысларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қадағалаўында",- деп жазылған рәсмий билдириўде.

Каналымызға ағза болың @karinformuz