Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда июль айы басында жүз берген ўақыялар бойынша | KarInform.uz

Қарақалпақстанда июль айы басында жүз берген ўақыялар бойынша айырым пуқаралардың қамақ шарасын жеңилине алмастырыў бойынша усыныс киргизилди

Қарақалпақстанда июль айы басында жүз берген ўақыялар бойынша бийғәрез тексериў өткериў бойынша комиссия ағзалары Жоқарғы Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айырым пуқаралардың қамақ шарасын жеңилине алмастырыўды сорады. Бул ҳаққында комиссия рәсмий каналында хабар берилди.

Хабарда жазылыўынша, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды бийғәрез түрде үйренип атырған комиссия тәрепинен әмелге асырған қылмысларынан пушайман болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген.

«Бирме-бир өткерилген сәўбетлесиўлер даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған информациялар тәсирине түсип қалғанын ҳәм әмелге асырған қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирди.

Жоқарыдағылардан келип шығып, комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен әмелге асырған қылмысларынан пушайман болған, қараўында ержетпеген перзентлери болған, сондай-ақ, шаңарақлық шараяты ҳәм социаллық жағдайы аўыр және шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға адамгершилик принципи тийкарында қамақ шарасын жәмийетлик қадағалаў ҳәм үй қамағы тәризиндеги шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди», - деп жазылған комиссия хабарында.

Каналымызға ағза болың @karinformuz