Get Mystery Box with random crypto!

«Қарақалпақстан халқының аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиўге б | KarInform.uz

«Қарақалпақстан халқының аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиўге бағдарланған жумысларымызды буннан кейин де избе-из даўам еттиремиз» – Шавкат Мирзиёев

«Ҳәммеңиз гүўасы болып турғаныңыздай, бүгин жеделлик пенен өзгерип баратырған өмир алдымызға жаңадан-жаңа ўазыйпаларды қоймақта.

Биз заман талапларынан келип шығып, алдағы ўақытлары сизлер менен биргеликте Қарақалпақстанда жаңа көплеген үлкен-үлкен жумысларды әмелге асырамыз.

Бул жаңаланыўларды қарақалпақ халқы сезиўи керек. Ески усыллар менен Қарақалпақстан ислеп болмайды.

Қудай қәлесе, турмыстың ҳәр қандай сынақ ҳәм машақатларына төзим берип, ертеңги күнге үлкен исеним менен жасап атырған мәрт ҳәм жигерли Қарақалпақстан халқының аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиўге бағдарланған бундай ийгиликли ислерди буннан кейин де избе-из даўам еттиремиз», - деп айтып өткен Президент сөзиниң жуўмағында.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki