Get Mystery Box with random crypto!

Аллаяр Досназаровтың 1929-жыл шығып сөйлеген сөзи 1929-жылы 1 | KarInform.uz

Аллаяр Досназаровтың 1929-жыл шығып сөйлеген сөзи

1929-жылы 16-июньда Төрткүл қаласында өткерилген Билимлендириў хызметкерлериниң жыйналысында қатнасқан Аллаяр Досназаровтың шығып сөйлеген сөзинен:

«Қарақалпақстан өзиниң изоляцияланған мәдениятына ийе болыўы мүмкин емес, ал керисинше, ол мәдений жақтан алдынғы қатардағы мәмлекетлер менен тығыз байланыслар жасаўы тийис. Бул планды орынлаўымыз ушын бизлер барлық күшимизди сарп етип ислеўимизге қарамастан, келешек ўақытта үлкен қыйыншылықларға дуўшакерлесемиз. Қарақалпақстан ҳәзирги ўақытта санаат орайы болып есапланбайды. Мине сонлықтан да алдағы ўақытта бизлер кадрлар таярлаў мәселесине оғада көп дыққатты аўдарыўымыз зәрүр. Жасларға профессионаллық-техникалық билим бериў мәселесин додалай отырып, ҳәр қыйлы маманлықлар бойынша кадрлар таярлаў – бизлердиң ең баслы ўазыйпамыз болып есапланады».

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды.

Мағлыўмат ҚР Архив иси басқармасынан алынды.

Каналымызға ағза болың @karinformuz