Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескер | KarInform.uz

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди

Жаз айларында пуқаралардың белгиленбеген орынларда шомылыўы ақыбетинде олардың өмирден көз жумыўы менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң саны артып барады.

Ең аянышлысы, қайтыс болғанлардың ярымынан көбиси (60-65 процент жағдайда) жас өспиримлерди қурайды.

Суўға ығып, қайтыс болған ересек адамлардың 60 проценти мәс ҳалда болғанлығы анықланған.

Ҳүрметли пуқаралар, перзентлериңизди қадағалаўсыз қалдырмаң, олардың белгиленбеген орынларда шомылыўына жол қоймаң! Сондай-ақ, мәс ҳалда шомылыў қәўипли екенлигин умытпаң!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

Каналымызға ағза болың
@karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki