Get Mystery Box with random crypto!

14-июньнан баслап Россияға поезд қатнаўлары тикленеди Россия | KarInform.uz

14-июньнан баслап Россияға поезд қатнаўлары тикленеди

Россия Федерациясының коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша оператив штабының қарарына муўапық, 14-июньнан баслап «Ташкент-Самара» ҳәм «Ташкент-Волгоград» жөнелислеринде ҳәр бир жөнелис бойынша ҳәптеде бир мәртелик частотада темир жол қатнаўы қайта тикленеди. Бул ҳаққында «ТАСС» мәлимлеме агентлигине тийкарланып блогер Хушнудбек Худайбердиев мәлим етти.

Сондай-ақ, оператив штаб қарары тийкарында Россияға кирип келетуғын барлық сырт еллилер ушын пандемия себепли орнатылған шеклеўлер бийкар етилген.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki