Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ жаслары Самарқандта концерт шөлкемлестирди Бүгин, | KarInform.uz

Қарақалпақ жаслары Самарқандта концерт шөлкемлестирди

Бүгин, 18-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир топар талантлы студентлери «Тумарис» халық ансамбли ағзалары ҳәм музыкалық тәлим кафедрасының профессор-оқытыўшылары менен биргеликте жер жүзиниң жамалы деп тәрийп берилген Самарқанд қаласында қала турғынлары ҳәм мийманлары ушын концерт бағдарламасын шөлкемлестирди.

Концертте қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен халықларының миллий қосықлары, аяқ-ойынлары менен бирге, ариялар атқарылып, қарақалпақ жасларының таланты және бир мәрте сахнада көрсетилди.

Сапарды институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети биргеликте шөлкемлестирди.

Видеода концерттиң жуўмақлаўшы қосығы – «Қарақалпақпан».

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki