Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанды Қазақстан менен байланыстырыўшы жаңа жол бағд | KarInform.uz

Қарақалпақстанды Қазақстан менен байланыстырыўшы жаңа жол бағдары қалай қурылған еди?

Қарақалпақстанды Үстирт арқалы Қазақстан менен байланыстырыўшы жаңа жол бағдарының қурылыўы, шөл ортасынан автомобиль жолы қурылыўы ушын қысқа, анық бағдардың табылыўы, Уллы Жипек жолы трассасының республикамыз аймағынан кесип өтиўи, Европа ҳәм Азияның байланыстырылыўы – бул өз ўақтында оғада машақатлы, соның менен бирге, жуўапкершиликли ўазыйпа еди.

Германиялы қәнигелер менен бирге халықаралық экспедиция шөлкемлестирилип, халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолына тийкар салынды.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети тәрепинен «Қоңырат-Бейнеў» атвомобиль жолының қурылысы менен байланыслы видеоматериал жәрияланды.

Видеоны тамаша етиў ушын силтеме



Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki