Get Mystery Box with random crypto!

Ҳеш қашан налынбаң. Адамлар сизди күшли, позитив пикирлеўши ҳ | Да нуу!

Ҳеш қашан налынбаң.

Адамлар сизди күшли, позитив пикирлеўши ҳәм энергияға бай инсан деп билсин.

Ҳәр дайым налынатын, ҳәр нәрседе майдаласып жаманлық излейтин инсанлар өзинен басқаларды алыслаўына себеп болады ҳәм кемнен-кем жағдайда табысға ериседи.

Психологик тәрептен алып қарағанда ҳәмме нәрсе дәслеп ой-қыялда, кейин реал өмирде болады. Соның ушын ҳәр дайым позитив пикирлең.

Руўхан күшли болсаңыз, алдыңызда ушраған ҳеш бир қыйыншылық сизди арытқа қайтара алмайды. Нени қәлейтиниңизди қыяллаң, оның әмелге асыўына қатты исениң, ҳәрекетти баслаң ҳәм ол әлбетте әмелге асады.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev