Get Mystery Box with random crypto!

ДҮЗЕЎ БОЛСАҢ ЖЕТИСЕСЕҢ НИЙЕТКЕ. *** Жақсы болсаң орынланар ти | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ДҮЗЕЎ БОЛСАҢ ЖЕТИСЕСЕҢ НИЙЕТКЕ.
***
Жақсы болсаң орынланар тилекте,
Исенбеңлер ҳеш ўақытта билекке,
Ийман болсын ең баслысы жүректе,
Дүзеў болсаң жетисесең нийетке.
***
Барғың келсе егер, узаққа, көпке,
Ҳеш қашан, ҳеш кимге қыянет етпе,
Сөзиң туратуғын болсын гүректе,
Дүзеў болсаң жетисесең нийетке.
***
Ҳеш қашан қалмайды жақсылық шетте,
Бәрин көрип турар жаратқан көкте,
Қәтесин айтқаның жақсыдур бетке,
Дүзеў болсаң жетисесең нийетке.
***
Қатты кеткен шығып қалады шетке,
Қарап жүрген жақсы оң ҳәм де шепке,
Жәрдем қылыңызлар келселер епке,
Дүзеў болсаң жетисесең нийетке.
***
Жақсы болсаң көринесең бийикте,
Болады екен күш бәрҳә бирликте,
Ийман инсап болса ғана жүректе,
Сонда ғана жетисесең нийетке.
***
Ансатбай Каражанов 09.08.2022-жыл

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai