2022-05-05 08:27:17
СЕН МӘҢГИ ТИРИСЕҢ АШЫҚ АЯЗИЙ
(05.05.1929- 24.07.2008 жж)
Ҳәмме жазып атыр, бирим, биримлеп,
Аязийдиң бүгин туўған күни деп,
Арнаў жазғым келди, менде пирим деп,
Қатардан қалмастан йош келген гезде.
Дәўран атын минип жортып тынбадың,
Болса да тосықлар ҳасла сынбадың,
Халықтың мудамы дәртин жырладың,
Бағып заманыңа қарасам изге.
Ўатан хаққындағы жазған жырларың,
Тәриплеп бийпаян: сахра, қырларын,
Оқысақ көринип жумбақ сырларың,
Зибанлар қалады айланбай сөзге.
Ашықлық туйғысын жүректен сезип,
Йош келген де ышқы бағларын гезип,
Сәўги сезимлерин көкнардай езип,
Муҳаббат шарабын иштирдиң бизге.
Том- том китапларды мийрас қалдырдың,
Қәлемиңнен от шығарып жандырдың,
"Қызғанында басып менде тандырдың",
Мың- мың алғыс айтқым келеди сизге.
Мийўели дарақсаң ийилген шақаң,
Көзиң тирисин де берилген баҳаң,
Сен уллы зибансаң, шайыр қаҳарман,
Жүз жылда бир мәрте келетин елге.
Халқың қосықларың айтып жүр ядый,
Бийбаҳа азық алып оннан руҳый,
Сен мәңги тирисең Ашық Аязий,
Саўлатың тасланып көринер көзге.
Көкте жанып турса жулдызым парлап,
Аллаҳым ал қулым десе бир қоллап
Қосық әлеминде көсилип шағлап,
Мениң де уқсағым келеди сизге.
Ақшолпан Аманияз 05.05.2022 жыл
24 views05:27