Get Mystery Box with random crypto!

#рәўият Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: 'Бир | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рәўият

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Бир адам басқа аўылдағы достын жоқлап барды. Оның изинен Аллаҳ таала бир периштени гүзетиўши етип жиберди. (Периште) оннан:
– Қаяққа баратырсаң, – деп сорады.
– Усы аўылдағы достымның алдына, – деп жуўап берди киси.
– Онда саған қандайда бир пайда беретуғын нәрсе бар ма? – деди периште.
Ол:
– Яқ. Бирақ, мен оны Аллаҳ ушын жақсы көремен, деди.
Сонда периште:
– Мен саған Аллаҳ тәрепинен жиберилген елшимен. Достыңды Аллаҳ ушын жақсы көргениң сыяқлы Аллаҳ таала да сени жақсы көреди, – деди". (Имам Муслим рәўияты).

"Ең ҳүрметли үммет" китабынан.



Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz