Get Mystery Box with random crypto!

#тәрбия Перзентлериңизди усы ҳуқықларға әмел етиў ҳәм орын | Paziyletuz | Рәсмий канал

#тәрбия

Перзентлериңизди усы ҳуқықларға әмел етиў ҳәм орынлаўға шақырып тәрбиялаң:

– Аллаҳ тааланың ҳақысы;
– Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳақысы;
– Ата-ана ҳақысы;
– Ис басы, баслықлардың ҳақысы;
– Уламалардың ҳақысы;
– Аға-ини, әжапа-сиңлилердиң ҳақысы;
– Ағайинлер ҳақысы;
– Мийманның ҳақысы;
– Мүтәж ҳәм жарлылардың ҳақысы.


Усы ҳуқықларды сақласа ҳәм оларға әмел етсе бул олардың динлериниң беккемлиги ҳәм минез-қулықларының тийкарына айланады. Оларды буларға әмел етиўде көп жақсылықлар бар екени менен қуўандырың.

Бадр ибн Әлий Утайбий.

Түсиндирме: Ҳақ-ҳуқықларға мысал ҳәдиси шәрийф мазмунына көре, Аллаҳтың бенделердеги ҳақысы – олардың Аллаҳға ибадат қылыўы, Оған ҳеш бир нәрсени ширк келтирмеўи.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz