#күн_аяты
Жақсылықтың бәрше түри жәмленген аятАллаҳ таала Қураны кәриймде айтады:
"Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес.1. Жақсылық – – Аллаҳға,
– ақырет күнине,
– периштелерге,
– Китапқа,
–Пайғамбарларға ийман келтиретуғын
2. ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан– ағайинлерине,
– жетимлерге,
– мискинлерге,
– жолаўшыларға, тиленшилерге,
қул азат қылыўға беретуғын,
3. намазды кәмил оқып,– зәкат беретуғын,
– келисим қылғанда келисимине – опа қылыўшыларға,
– жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм аўыр ўақытта сабыр қылыўшыларға (тән).
Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы". (Бақара сүреси, 177-аят).
Ибн Кәсир раҳматуллаҳи алайҳ айтады: "Ким усы аят пенен сыпатланса, Ислам дининиң бәрше тараўларына кирип, жақсылықтың басынан тутқан болады". Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz