Get Mystery Box with random crypto!

#ҳикмет #тәрбия ӘЛИЙ РАЗЫЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ НӘСИЯТ СӨЗЛЕРИ: Бен | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳикмет #тәрбия

ӘЛИЙ РАЗЫЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ НӘСИЯТ СӨЗЛЕРИ:

Бенде Аллаҳ тааладан басқа ҳеш кимнен үмитленбесин. Гүна қылыўдан басқасынан қорықпасын!

Билмеген нәрсесин сорап үйрениўден хәм билмеген нәрсеси соралғанда "билмеймен" деп айтыўдан уялмасын!

Сөздиң пазыйлети оның қысқа болыўында;

Жақсылық мал-мүлкиңниң көп болыўы ҳәм перзентлерди көбейтиўден ибарат емес. Жақсылық – қылған саўаплы әмеллериңиз көп болып, кишипейил болыўыңызда;

Ҳәр дайым жақсы, саўаплы ислерди қылып жасаң. Ҳеш кимге сыр емес бәрибир бир күн келип бул дүньядан өтесиз. Жалғаншы дүнья сизди алдап қоймасын. Дүнья өмиринде әмеллер қылыў бар, бирақ есап-китап жоқ. Ертеңги күни есап-китап бар, бирақ әмел жоқ;

Қәлбиң бир қалтаға уқсайды. Қәлблердиң ең жақсысы илим ҳәм нурға толған қәлб есапланады.



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ