Get Mystery Box with random crypto!

Сораў 'Ериң' болар дейди адамның пири, Кеўилим нәзик бирақ, г | Гулчеҳра Айтмуратова

Сораў

"Ериң" болар дейди адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

Төркиннен кеткенсоң бирәз алыслап,
Азайып баратса келиў-барыспақ,
Журт жүрсе жолымды өлшеп қарыслап,
Маған мәдет берип тура аласаңба?

"Жаман" деп айтпайман минезиң жақсы,
Қызғаныш-муҳаббат, сезимниң нақшы,
<"Жаман" болсаң мен-ақ көнейин яқшы>,
Деп мени еркелеп күле аласаңба?

Сен берген бахыттан айланса басым,
Жегизип мийнеттиң ең ҳадал асын,
Өмирлик, жүрекке жақын жолдасым,
Көринбес бахытқа көмаласаңба?

Аўыр айтып қойсам, тилимнен таўып,
Келте кийим кийсем аяғым жаўып,
Жаў жағамнан, ийтлер етектен қаўып,
Турса да сен мени дей аласаңба?.

Жара түссе таўып жүрегим емин,
Толтыр деп айтпайман қалтамның кемин,
Қойныңда шыққанша ең соңғы демим,
"Аманат" тай сақлап жүраласаңба?

Аўыр келер базда ҳаялдың назы,
Шертилсе дер едим кеўиллер сазы,
Өмиримше боларман мен саған разы,
"Әкем"ди әкеңдей көраласаңба?

Анамды қәдирлеп, әлпешлей билсең,
Жыласам-жубатып, қуўансам-күлсең,
Анаңа "Кабам" деп қарайман исен,
Бирақ, сен бул шәртке көналасаңба?

Жолларымыз узақ, мәнзиллер алыс,
Соқпақлар сан түрли, таныс-бийтаныс,
Маған ең қымбаты ар ҳәм де намыс,
Жүзимди жарық қылып жүраласаңба?

Боларсаң мен ушын адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

16.04.2022 02:28
Автор: Гулчеҳра Айтмуратова

@aytmuratovagulchehra