Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ нызамлары Тарийхымды Маманбий нақ бақлап жазған, Х | Гулчеҳра Айтмуратова

Қарақалпақ нызамлары

Тарийхымды Маманбий нақ бақлап жазған,
Халық мәпин алға сүйреп тақлап жазған,
Изин жалғап Айдос баба хатлап жазған,
Тақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Алакөзде үмит еткен ел тәўирин,
Өз тилимди былғамағай өз баўырым,
Нызам күни тоғызыншы нур сәўирим,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сызып кеткен шегарамды тумлы тустан,
Жер өлшеўде ҳаўаланып қалпақ ушқан,
Аллаярым мәңгиликге бахыт тутқан,
Бақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сен нызамым китабымда номерленген,
Ўатан жерди бизге АЛЛА тәңир берген,
Нызам қорғап, болмағай бир жәбир көрген,
Ықланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Екиси кемис болған отыз жастасаң,
Үлгиси жемис шашылған нур бақласам,
Байрақ жүзим, гимн уран таспасаң,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Автор Жаңабай Анетеев
8-апрель 2021-жыл.

@ADEBIYAT_QR