Get Mystery Box with random crypto!

Усы жылдыӊ 2-август күни Пайтахтымызда «Нураныйларға ҳүрмет ҳә | Тақыятас районы

Усы жылдыӊ 2-август күни Пайтахтымызда «Нураныйларға ҳүрмет ҳәм иззет» атамасындағы ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар, тараў ҳәм тармақ ўәкиллериниӊ ибратлы ислерин айрықша атап өтти.

Оннан соӊ бир қатар нураныйларға «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси тапсырылды.

Илаж көркем өнер тараўыныӊ концерт бағдарламасы, елимиз, халқымыз ушын пидайы мийнет еткен қаҳарманлардыӊ бай турмыс тәжирийбеси, үлгили мийнет жолы ҳаққында арнаўлы фильмлер менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram