Get Mystery Box with random crypto!

ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ! «ONLINE» ҚАБЫЛЛАЎ! Пуқаралар ҳәм юридикалық | Тақыятас районы

ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ!

«ONLINE» ҚАБЫЛЛАЎ!

Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўде жәнеде қолайлық жаратыў, машқалаларын тезлик пенен көрип шығыў ҳәм олардың ўақтын үнемлеў мақсетинде “Online-video” системасы арқалы Бюроның Қ.Р. басқармасы басшыларының кабыллаўы жолға қойылды.
Ҳүрметли пуқаралар!
Қабыллаўлар ҳәр ҳәптениң шенби күни саат 10-00 ден 13-00 ге дейин өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.
Бул ушын, өзиңизге жақын аймақлық Бюро бөлимине барып “Online-video” системасы арқалы, ямаса тиккелей Бюро басқармасы имәратына келип , басшылар қабыллаўында Бюро искерлиги жүзесинен ҳәр қандай мәселе бойынша мүрәжат қылсаңыз болады.
Ҳәр бир мүрәжат Нызамлы шешилиўи кепилленеди!
Нәўбеттеги қабыллаў усы жылдың 6-август күни болып өтеди.

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube