Get Mystery Box with random crypto!

Д А Ғ А З А Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық Ми | Тақыятас районы

Д А Ғ А З А

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық Министрликлер,
мекемелер, кǝрханалар, шөлкемлер ҳǝм пуқаралар
ДЫҚҚАТЫНА:


«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалының барлық қалалық ҳәм районлық телекомуникация тармақларында таза технологияға өтиўине байланыслы, 2021-жыл 22-июль 00:00 ден 06:00 аралығында телекоммуникация қурылмаларында техникалық жумыслар алып барылатуғынлығы хабарланған еди. Бирақ бул күни қайта көшириў жумыслары алып барылмады.
Байланыс қуралларын таярлаў жумыслары толық жуўмақланыўына байланыслы қайта жалғаў жумыслары усы жылдың 27-июль күни 00:00 ден 06:00 аралығында алып барылатуғынлығын дағазалаймыз.
Техникалық жумыслар даўамында байланыс хызметинде 2021-жыл 27-июль куни 00:00 ден 06:00 аралығында үзилислер болатуғынлығын мәлим етемиз.

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәлимлеме хызмети