Get Mystery Box with random crypto!

Ассалаўма Алейкум! Мениң еки перзентим Нөкис қалалық ХББ не қа | ➡️Nòkis qalasi 31-sanli mektebi ràsmiy kanali⬅️

Ассалаўма Алейкум!
Мениң еки перзентим Нөкис қалалық ХББ не қараслы 31-санлы мектебинде оқыйды. Ҳәр күни оқыўына барыў ушын үйден ертерек шығыўға ҳәм сабағы басланыўынан алдын ертерек барыўға асығады. Себебин сорағанымда болса, “бул тәртипқой, Сиз оқыған мектепте бундай тәртип жоқпеди” деген сораўды берди.
Перзентлеримди оқыўына алып барғанымда мектеп алдында айрым устазлардың оқыўшыларды күтип алып атырғаны, мектеп алдынан өтетуғын көшени кесип өтиўши пиядалар жолында болса, жане бир жумысшы оқыўшылардың қәўипсизлигин бақлап турғаны итибарымды тартты.
Сол күни перзентлеримди оқыўынан алып қайтыў ушын барғанымда, мектепте сабақ ўақтындағы тынышлық, имарат ишиндеги тазалық, класс есиклеринен болса, оқыўшыларға шын кеўли менен билим үйретип атырған устазлардың даўысынан бул жердеги тәртиптиң дурыс жолға қойылғанын, перзентлерим усы тәрбияны алғаны ушында ҳәр күни оқыўға асығып баратуғынлығының себебин түсиндим. Ҳәм сол күни азанда перзентиминиң таң қалып сораған: “бул тәртипқой, Сиз оқыған мектепте бундай тәртип жоқпеди” деген сораўы ядыма түсти.
Әлбетте мен оқыған мектепте тәртип бар еди, устазларымда бизлердиң билим алыўымыз ушын шын кеўли менен тырысатуғын еди.
Сол себепли, перзентлеримниң устазларына, Нөкис қалалық ХББ не қараслы 31-санлы мектеп жәмәәтине үлкен миннетдаршылығымды билдиремен ҳәмде жақынласып киятырған 1-октябрь – “Оқытыўшы ҳәм устазлар күни” мүнәсебети менен барлық ата-аналар атынан шын кеўлимнен қутлықлайман.

Еркин Абдиганиев.
Нөкис қаласы, Дәрманлы көшеси, 63-жай.