Get Mystery Box with random crypto!

#Наўрыз_нәпеси Гүллән халқымызға, қәдирдан Қарақалпақстанымыз | Қара ой мәҳәллеси жаслары

#Наўрыз_нәпеси

Гүллән халқымызға, қәдирдан Қарақалпақстанымызға Улыстың уллы күни Наўрыз әййамы мүбәрек болсын!

Быйылғы Наўрыз Ўатанымыздың ҳәр бир шаңарағына, Жер Планетасының ҳәр бир адамына, ҳәр бир жанлы-жансыз мақлуқатларға, Ана Тәбиятымызға өзиниң жақсы жаңалықлары, жаңа жақтылықлары менен жарқын нур инәм етип келгей. Жүреклериңиз мийрим-муҳаббат пенен урып, жүзлериңиз қуўаныш-шадлықтан гүл жайнасын, жан-тәниңизде денсаўлық күш-жигери толып тасып турғай. Үйиңизге қут-берекет, дастурханыңыз молшылыққа толы болып, дийқанларымыздың жылын бергей. Арал теңизимиз бенен Әмиўдәриямыз пәк, шыпалы, күш-қуўат берер ағын суўға толғай. Наўрыздан Наўрызға аман-есенликте жетип жүриў ҳәммемизге несип етсин
.


Берекетли елиме хош келдиң, НАЎРЫЗ