Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Рамазан
Намаз
Тәрбия
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Дуа
Sora
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 74.61K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 9

2024-04-15 16:31:47
#шәўўәл_оразасы #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

   "Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн".

   Мәниси: "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл!".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.7K views13:31
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 14:38:36
"Гүналардан қандай пәкленемиз?"

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нѳкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити имам-найыбы

Ешниязов Мухаммед

(Видео mp4)

02:25



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
19.4K views11:38
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 11:37:01
#тәрбия

Ер (адам) ҳаялын жақсы көрсе, оны ҳүрметлеўи, қәдирлеўи тийис, жаман көрсе, зулым қылмаўы керек. Қәлесе шыдап жасасын ямаса жақсылық пенен ажырассын. Ҳаялын тек ғана мәртлер қәдирлейди, пәслер хорлайды.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳматуллаҳи алайҳ



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.0K views08:37
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 09:02:44
#Шәўўәл_оразасы

Рамазан ҳайытынан кейин Шәўўәл айының алты күн оразасын тутыў шәрт пе?

Шәўўәл айында алты күн ораза тутыў сүннет (мустаҳаб) болып, парыз емес. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким Рамазан оразасын тутса, кейин оған Шәўўәл (айы)нан алты күн (нәпил) қосса, тап бир жыллық ораза киби болады", деди. (Имам Муслим рәўияты).

Усы ҳәдистиң мазмуны улыўмалық келгени ушын бул алты күнлик оразаны Рамазан ҳайыты ертеңине басласа да болады ямаса бир неше күн өткерип кейин ораза тутса да болады. Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, болды.

Айырым уламалар қайырлы ислерди ислеўге асығыў кереклиги, жарысыў абзал екенин есапқа алып, ҳайыт күниниң ертеңине Шәўўәлдиң оразасын тутыўды баслаў керек, деп есаплайды. Адамлар да соған үйренип қалған.

Шәўўәл айында ораза тутыўға әдетлениў ўәжиб емес, ал абзал ҳәм мақул ис.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.6K views06:02
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 07:03:51
#Сораў_жуўап

ҚАНДАЙ САЎАП ПЕНЕН ГҮНАМДЫ ЖУЎСАМ БОЛАДЫ?

Сораў: Мен 3-4 жылдан берли уятсыз филмлерди көретуғын едим. Енди дозақтан қорқып атырман. Қандай саўап пенен гүнамды жуўсам болады?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Тезирек шын кеўилден тәўбе қылың ҳәм сол жеркенишли әдетке қайтпаўға қарар етиң! Мине усындай шын тәўбе өткен гүналарды жуўады.
Аллаҳ тааланың парызларын орынлаң. Атап айтқанда, парыз намазларын өз ўақтында шәриятымызда буйырылғанындай етип оқың. Себеби, кәмил оқылған намаз да бузықлық ҳәм қайтарылған ислерден тосады. Аллаҳ тааланы көп зикир етип жүриң. Ҳарам ислерден узақ болың.

Бос ўақтыңызда пайдалы ислер менен шуғылланың, китап оқың, солиҳ адамлар менен сәўбетлес болып, олар менен досласың, ибадатта болың. Сонда, Аллаҳ таала кеңшилиги менен Сизди дозақтан узақ қылады деп үмит етемиз. Таўфиқ Аллаҳтан. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
16.5K views04:03
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 05:21:02
#зикир

ТАҢҒЫ ЗИКИР

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳанәллооҳи ўә биҳәмдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қыямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди.

Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳамд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсанлардан пәклеп яд етемен.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views02:21
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 03:27:02
#Таңғы_тилек
ـ
ـ                            Ассаламу
ـ                                 алайкум
   
                          әзизлер!                          l                             

Жаңа ҳәптениң биринши күни мүбәрек болсын!

Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡
            Қайырлы күн әзизлер!
             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡
l
l
l
l





     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.9K views00:27
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 03:02:10
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Дүйшемби күни



  Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

     15-Апрель                              2024
     6-Шәўўәл                                1445





    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views00:02
Ашу / Түсініктеме
2024-04-14 21:37:09
#шәўўәл_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫ

15-апрель 2024-жыл
6-шәўўәл 1445-ҳижрий

Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 04:50

Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 19:49



АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

  "Шәўўәл айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

  "Аллаҳым! Усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Я, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.7K views18:37
Ашу / Түсініктеме
2024-04-14 20:51:51
"Тақўалы инсанлардың сыпаты"

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нѳкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жаме мешити имам-найыбы

Ешниязов Мухаммед

(Видео mp4)

03:14



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views17:51
Ашу / Түсініктеме