2024-04-11 07:02:16
Ораза тутқанларға сыйлықлар мүбәрек болсын! .
Жәннеттеги "Райян" есиги мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди", деген
(Имам Бухарий, Муслим рәўияты). .
Дозақтан узақ болыў мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Бир бенде Аллаҳ жолында бир күн ораза тутса, сол күнги оразасы себепли Аллаҳ оның жүзин дозақтан жетпис жыллық аралыққа узақ қылады", деди
(Имам Бухарий, Имам Муслим рәўияты). .
Оразаның шәпәәти мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ораза ҳәм Қуран Қыямет күни бендени шәпәәт қылады" деген
(Имам Аҳмад рәўияты). .
Аллаҳға жолыққандағы қуўаныш мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"...Рәббисине жолыққанда, оразасы себепли қуўанады», деген
(Имам Бухарий рәўияты). .
Дозақтан аманлық мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
"Рамазанда ҳәр түн Аллаҳтың дозақтан азат ететуғын бенделери болады", деген
(Имам Термизий рәўияты). .
Өткен гүналарыңыз кеширилгени мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким Рамазан оразасын ийман менен саўап үмитинде тутса, оның өткен гүналары кешириледи", деген
(Имам Насаий рәўияты). .
Қабыл болған дуўалар мүбәрек болсын!Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Оразадардың дуўасы қайтарылмайды", деген
(Имам Ибн Ҳиббан рәўияты). .
Аллаҳтың сыйлығы мүбәрек болсын!Аллаҳ таада ҳәдиси қудсийде айтады:
"... тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен Өзим беремен" (Имам Бухарий, Имам Муслим рәўияты). Аллаҳ талла Өзи миясар етип тутқан оразаларымызды қабыл етип, Өзиниң разылығы менен сыйлықласын!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube
Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views04:02