Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Sora
Рамазан
Қәдир
Video
Xabar
Оразаның
Ҳайыт
Закат
Ҳадис
Жума
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Sora
Рамазан
Қәдир
Video
Xabar
Оразаның
Ҳайыт
Закат
Ҳадис
Жума
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 75.66K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 6

2024-04-11 16:20:13
#шәўўәл_оразасы #аўыз_ашыў_дуўасы

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

   "Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн".

   Мәниси: "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл!".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views13:20
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 14:07:25
#ҳикмет

Егер Аллаҳ таалаға ҳеш қайсы ибадатты қыла алмай атырған болсаңыз ҳеш болмаса ораза тутың. Қарныңызды аш қойың, ашлық азабына шыдаң. Ораза ҳикметлер ғәзийнесиниң гилти. Пайғамбарлар ҳәм әўлийелердиң ишки дүньясы ҳикметлер булағы ораза себепли болады. Ораза тутыў қайырлы ибадатлардан саналады.

Ҳәзирети Жалалиддин Румий.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.7K views11:07
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 10:49:48
#Еслетпе!

Рамазан жуўмақланды... Енди және (кисенлер)ден шешип жиберилген итаатсыз шайтанлар менен гүрес, саўаш басланады.
Олар өзлериниң бул ислери машақатлы екени, сен ораза ҳәм ибадат айындағы (нәпси ҳәм шайтанға қарсы) оқыў таярлығынан кейин анағурлым күшли екениңди биледи.

Сол себеп, ҳайыт күнлеринде (артықша дәбдебе ҳәм зыяпатларда ысырап сыяқлы) ҳәдден асыў ҳийле ҳәм сумлықларға барады.

Және әсте-ақырын ибадатларда ериншеклик ҳәм кешиктириўге өтеди. Соң, киши гүналар, сағийраларға итибарсыз болыў сыяқлы ислерге өтеди.
Бара-бара буннан да қәўипли қуралын қоллай баслайды. Ол да болса, сени тәўбеден узақластырыў болады. Бундай ислерден абайлы болың!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views07:49
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 08:27:53
#шәўўәл_айы_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Бул оразаны қашан тутқан мақул?

    Шәўўәл айы ҳижрий сәнениң оныншы айы болып есапланады. Бул айда саламатлығы ҳәм мүмкиншилиги болған адам нәпил оразасын тутса, Аллаҳ таала ол бендеге көп әжир-сыйлықларын бериўин ўәде қылған. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
     “Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айынан алты  күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады” Имам Мүслим рәўияты).

      Бул алты күнди Шәўўәл айының екинши күнинен баслап тутыў мүмкин.
Рамазанда базы бир себеплерге көре айрым күнлери ораза тута алмай, мойнында қазасы бар адамлар биринши сол қазаларын тутып алып, кейин Шәўўәлдың нәпил оразасын тутса мақсетке муўапық болады. Уламалардың көпшилиги Рамазан оразасының мәртебеси парыз, ал Шәўўәл айы оразасының мәртебесин нәпил екенини итибарға алып, биринши қазаны тутыўды усыныс еткен.
     Керисинше, биринши Шәўўәлдың 6 күн оразасын тутаман, кейинги айларда Рамазаннан қалған қаза оразаларды тутаман, десе де орынлы болады.

    Көпшилик уламалар Шәўўәл айындағы оразаны избе-из емес, ҳәптеде еки-үш күннен тутыўды усыныс етеди. Әсиресе, дүйшенби ҳәм пийшемби күнлери тутса, сүннетке де әмел еткен болып, 2 есе саўапқа ийе болады инша Аллаҳ. Алты күн избе-из тутса да инша Аллаҳ саўабынан ҳеш нәрсе кемейтирилмей бериледи.




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.0K views05:27
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 07:02:16
Ораза тутқанларға сыйлықлар мүбәрек болсын!

. Жәннеттеги "Райян" есиги мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди", деген (Имам Бухарий, Муслим рәўияты).

. Дозақтан узақ болыў мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бир бенде Аллаҳ жолында бир күн ораза тутса, сол күнги оразасы себепли Аллаҳ оның жүзин дозақтан жетпис жыллық аралыққа узақ қылады", деди (Имам Бухарий, Имам Муслим рәўияты).

. Оразаның шәпәәти мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ораза ҳәм Қуран Қыямет күни бендени шәпәәт қылады" деген (Имам Аҳмад рәўияты).

. Аллаҳға жолыққандағы қуўаныш мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "...Рәббисине жолыққанда, оразасы себепли қуўанады», деген (Имам Бухарий рәўияты).

. Дозақтан аманлық мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Рамазанда ҳәр түн Аллаҳтың дозақтан азат ететуғын бенделери болады", деген (Имам Термизий рәўияты).

. Өткен гүналарыңыз кеширилгени мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким Рамазан оразасын ийман менен саўап үмитинде тутса, оның өткен гүналары кешириледи", деген (Имам Насаий рәўияты).

. Қабыл болған дуўалар мүбәрек болсын!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Оразадардың дуўасы қайтарылмайды", деген (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

. Аллаҳтың сыйлығы мүбәрек болсын!
Аллаҳ таада ҳәдиси қудсийде айтады: "... тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен Өзим беремен" (Имам Бухарий, Имам Муслим рәўияты).

Аллаҳ талла Өзи миясар етип тутқан оразаларымызды қабыл етип, Өзиниң разылығы менен сыйлықласын!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views04:02
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 05:31:07
#ҳәдис #салаўат

     Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким маған таң атқанда он ҳәм кеште он салаўат айтса, Қыямет күни шәпәәтиме ериседи", деди".

  Имам Табараний рәўияты.

      Аллооҳуммә солли аләә сәййидинәә Муҳаммад.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.5K views02:31
Ашу / Түсініктеме
2024-04-11 03:10:34
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Пийшемби күни



  Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     11-Апрель                              2024
     2-Шәўўәл                          1445





    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.3K views00:10
Ашу / Түсініктеме
2024-04-10 22:37:13
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 11-апрель күнги намаз ўақытлары



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.7K views19:37
Ашу / Түсініктеме
2024-04-10 21:09:22
#шәўўәл_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫ

11-апрель 2024-жыл
2-шәўўәл 1445-ҳижрий

Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 04:58

Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 19:45



АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

"Шәўўәл айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

"Аллаҳым! Усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Я, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views18:09
Ашу / Түсініктеме
2024-04-10 20:00:33
#шәўўәл_оразасы

Шәўўәл айында алты күн ораза тутыў

Әбиў Айюб Ансарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан (ораза)сын тутып, изинен Шәўўәлдан алты (күн ораза) тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деди (Бесеўинен тек ғана Бухарий рәўият қылмаған).

   Шолыў: Рамазан айынан кейин келетуғын Шәўўәл айында алты күн нәпил ораза тутыўға қызықтырыў өзине жараса ҳикметке ийе. Алдын ала мудамы нәпил ораза тутыўға шақырылады. Қала берди, Рамазан бойы ораза тутып жүрип, Шәўўәлда бирден өзин аўқатқа урыў да жақсы емес. Шыпакерлер де ашлықтан шыққаннан кейин аўқатланыўды әсте-ақырын көбейтиўди усыныс етеди.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.3K views17:00
Ашу / Түсініктеме