Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Sora
Рамазан
Қәдир
Оразаның
Ҳайыт
Закат
Ҳадис
Жума
Шымбай
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Sora
Рамазан
Қәдир
Оразаның
Ҳайыт
Закат
Ҳадис
Жума
Шымбай
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 75.60K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 3

2024-04-16 15:11:48
#тәрбия

Үйиңизге бир данадан көп телевизор орнатпаң. Ондай нәрселердиң көбейиўи балаларыңызды тийкарғы ўақтын телевизор алдында өткеретуғын етип қояды.

Балаңызға телевизордағы пайдалы көрсетиўлерди көриўи ушын күнине бир ярым саат ўақыт белгилеп бериң. Ал, оқыў күнлери буны ярым саатқа қысқартың.

Балалардың жатақ жайына ҳасла телевизор қойып бермең. Кейин олар телевизор көрип уйқылайтуғын болып қалады.

"Жәннет бағларындағы шаңарақлық ақшамлар" китабынан.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.7K views12:11
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 12:10:10
#күн_аяты

Жақсылықтың бәрше түри жәмленген аят

Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтады: "Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес.

1. Жақсылық –
– Аллаҳға,
– ақырет күнине,
– периштелерге,
– Китапқа,
–Пайғамбарларға ийман келтиретуғын

2. ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан
– ағайинлерине,
– жетимлерге,
– мискинлерге,
– жолаўшыларға, тиленшилерге,
қул азат қылыўға беретуғын,

3. намазды кәмил оқып,
– зәкат беретуғын,
– келисим қылғанда келисимине – опа қылыўшыларға,
– жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм аўыр ўақытта сабыр қылыўшыларға (тән).

Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы". (Бақара сүреси, 177-аят).

Ибн Кәсир раҳматуллаҳи алайҳ айтады: "Ким усы аят пенен сыпатланса, Ислам дининиң бәрше тараўларына кирип, жақсылықтың басынан тутқан болады".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.1K views09:10
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 10:22:06
Тәжирийбе етип көриң!

Социаллық тармақ қуралларынан бираз узақласың. Сонда оның ишинде жүрип бир нәрсени жойтпағаныңыз, бирақ сыртта (яғный, болмыста) үлкен нәрселерди қолдан шығарғаныңыз мәлим болады.

Ата-аналарыңыздың жаслары анағурлым қартайып, сезбей қалыпсыз. Ул-қызларыңыздың тәрбиясына итибарсыз болып, умытып та қойыпсыз. Жақынларыңыз, жақсы көргенлериңиз кетип те қалыпты.
Көплеген пурсатлар, қымбатлы ўақытлар зая болыпты да, сиз ғәплетте қалыпсыз. Намазлар, зикирлер, сүннетлер, Қураны кәрийм қирәәтлери, ата-аналар менен бирге отырыўыңыз, балаларыңызды тәрбиялаўыңыз, сәҳәр ўақтындағы истиғфарларыңыз, дуўалар қылыў, Пайғамбарға салаўатлар айтыў ҳәм және көп-көп нәрселер зая болып кетипти....



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
18.0K views07:22
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 08:15:13 ​​#Сораў_жуўап

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ҚАЗАСЫ БАР МА?

СОРАЎ: Айырым бир себеплерге көре шәўўәл айының 6 күнлик оразасынан 3 күнин тута алмай қалдым. Қандай етип шәўўәл айы оразасының қазасын тутсам болады? Өзи шәўўәл оразасының қазасы бар ма?


ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Шәўўәл айы оразасын тута алмаған болса, оның қазасы тутылмайды. Себеби ол нәпил — ықтыярый ораза есапланады.

Бирақ, шәўўәл айының саўабына — бир жыллық оразаның саўабына ерисиўдиң басқа жолы да бар. Буның ушын ҳәр қамарий айда үш күн ораза тутылса, бир жыл ораза тутқанлық саўабына ерисе алады. Бул ҳаққында төмендеги саҳиҳ ҳәдисте былай ўәде етилген:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабар қылынды. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сен буны қыла алмайсаң. Сол себепли, ораза да тут, аўзы ашық та жүр. Уйқысыз да бол, уйқыла да. Айда үш күн ораза тут. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. (Имам Бухарий рәўияты). Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.3K views05:15
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 05:48:36
* Бахытлы бендениң белгилери:

1. Ибадатларды орынлаўы жеңил етип қойылады, (ибадатларды бежериўде қыйналмайды);

2. Ислеп атырған ислерин Пайғамбар алайҳиссалам сүннетине муўапық тәризде орынлайды;

3. Солиҳ – жақсы инсанларға сәўбетлес ҳәм жолдас болып жүреди;

4. Бирәдарларына шырайлы минез- қулық пенен мәмиле қылады;

5. Халыққа хызмет етиўде жақсылықларын аямайды;

6. Мусылманлар ушын қайғырып жасайды;

7. Өмириниң ҳәр бир мәўритин ийгиликли ислерди орынлап алыў ушын қысқа пурсат деп ғәниймет биледи.


Имам Шатибийдиң "Иътисам" китабынан.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.0K views02:48
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 03:25:27
#таңғы_тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

Аллаҳ таала жаңа күниңизди уўайым-қайғылардан пәк сақласын!

Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз.

Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын!


Аллаҳтың аманлығы
Пайғамбар ﷺның дуўасы
Қуранның нуры, пазыйлети күн даўамында сиз бенен болсын!

Қайырлы таң!!!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.6K views00:25
Ашу / Түсініктеме
2024-04-16 03:01:50
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни



  Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     16-Апрель                              2024
     7-Шәўўәл                                1445





    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views00:01
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 22:37:48
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 16-апрель күнги намаз ўақытлары



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views19:37
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 21:35:19
#шәўўәл_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫ

16-апрель 2024-жыл
7-шәўўәл 1445-ҳижрий

Аўыз жабыў ўақты (сәҳәрлик): 04:48

Аўыз ашыў ўақты (ифтарлық): 19:51



АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:

  "Шәўўәл айының бүгинги нәпил оразасын таң атқаннан күн батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллооҳу Әкбар".

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:

  "Аллаҳым! Усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Я, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
16.3K views18:35
Ашу / Түсініктеме
2024-04-15 18:37:17
#күн_аяты

"Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырдық" (Аҳқоф сүреси, 15-аят).

Ата-анаға жақсылық етиў төмендеги түрлерге бөлинеди:

— Ата-ана хызметлерин қалыс нийет пенен ислеў;
— Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;
— Шәриятта қайтарылмаған ислерде мудамы оларға итаат етиў;
— Ата-ананы қуўандыратуғын ислерди қылыў;
— Ата-анадан алдын аўқатланбаў;
— Ата-ананың алдына кириўде де, шығыўда да сәлем бериў;
— Ата-ананың алдында даўысты көтермеў;
— Ата-ана ушын мал-мүлкин сарплаў;
— Ата-ана жақсы көретуғын адамларға да жақсылық етиў;
— Сапарға ата-ананың дуўаларын алып шығыў;
— Ата-ананы атлары менен шақырмаў;
— Ата-ананы кемситетуғын ислерден сақланыў.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.8K views15:37
Ашу / Түсініктеме