Get Mystery Box with random crypto!

​​#мағлыўмат Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи? | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#мағлыўмат

Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи?

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы халқымыз өткен ата-бабаларын еслеў ушын қәбирстанларға барады.

"Қәбирстанға барғанда қалай тиләўат етип марҳум ҳәм марҳумаларымызға бағышлаймыз?", дегенлер төмендегилерди оқып, ядлап кейин жақынлары басына барғанда биймәлел өзлери тиләўат етиўи мүмкин.

Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:


Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.

Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад.

Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн.


Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.

Әдетте былай дуўа етиледи:
Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн.

Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.

Аллаҳ таала бәршемизден өткенлерди Өзи жарлықасын! Әмийн, я роббәл ъаләмийн


https://t.me/paziyletuz