Get Mystery Box with random crypto!

Миллий қәдирият мазмунында иләж ѳткерилди Қарақалпақстан Респ | Paziyletuz | Рәсмий канал

Миллий қәдирият мазмунында иләж ѳткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында республикамыздағы жоқарғы оқыў орынларында үгит-нәсият иләжларын ѳткериў шѳлкемлестирилген.
Иләжда Жаңа Ѳзбекстанның билимлендириў реформалары ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар муўапықлығын үгит-нәсиятлаў, руўхый әдеп-икрамлылық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар үстемлигине ерисиў, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў белгиленген.
Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ѳткерилген «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында ѳткерилген иләжда қатнасып, университет оқытыўшылары ҳәм студент жасларға динимизде миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мазмунында баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz