Get Mystery Box with random crypto!

​​#Сораў_жуўап ҲӘДИСТЕ 'АЙДА ҮШ КҮН ОРАЗА ТУТ' ДЕЛИНГЕН ЕКЕН. | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#Сораў_жуўап

ҲӘДИСТЕ "АЙДА ҮШ КҮН ОРАЗА ТУТ" ДЕЛИНГЕН ЕКЕН. УСЫ ҮШ КҮН АЙДЫҢ ҚАЙСЫ КҮНЛЕРИ?

Сораў: Ҳәдислерде ҳәр айда үш күн ораза тутылса, жыл бойы ораза тутқан есапланады делинген. Сораўым, усы саўапты алыў ушын айдың қайсы күнлери ораза тутыў керек?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутып жүрсе, жыл бойы ораза тутқандай болыўы ҳәдислерде айтылған:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабары жеткизилди. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сиз буны қыла алмайсыз. Сол себепли, ораза да тутың, аўзы ашық та жүриң. Уйқысыз да болың, уйқылаң да. Айда үш күн ораза тутың. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, еки күн аўзы ашық жүриң", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, бир күн аўзы ашық жүриң". Бул Даўыт алайҳиссаламның оразасы ҳәм бул ең абзал ораза", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Буннан абзалы жоқ", деди" (Имам Бухарий рәўияты). Ҳәдислерде келген үш күн ораза тутыў айдың қайсы күнлерине туўры келиўи ҳаққында бир қанша ҳәдислер келген. Атап айтқанда:

Муаза разыяллаҳу анҳу айтады: "Айша разыяллаҳу анҳаға: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр айдан үш күн ораза тутар еди ме?", дедим. Ол: "Аўа", деди. Мен: "Айдың қайсы күнлери ораза тутар еди?", дедим. Ол: "Қайсы күн болыўына итибар берместен ораза тутатуғын еди", деди. (Имам Муслим рәўияты).

Имам Термизий ҳәм имам Насаий раҳматуллаҳи алайҳлар Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссалам оған (Әбиў Заррға) "Егер бир айда ораза тутсаңыз айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери тутың", деген. Солай екен, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутмақшы болса ықтыяр өзинде болып, айдың қайсы күнлери тутса да ҳәдисте айтылғанындай жыл даўамында ораза тутқандай болады. Сондай-ақ, Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте баян етилгениндей қамарий айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери ораза тутса, және де абзал есапланады. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz